Алдын хабар бергенимиздей, бүгин, 28-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз төртинши сессиясы болып өтти.
Сессияда Төрткүл ҳәм Беруний районларында халық көп жыйналатуғын саўда орынларында карантин талапларының сақланбай атырғаны, көшелерде пуқаралардың мақсетсиз ҳәм медициналық нықап тақпай жүргени ушырасып атырғаны сынға алынды.
Сондай-ақ, өткен бир ҳәптениң өзинде пуқаралардың автотранспортларды спиртли ишимлик ишип басқарып жүргени менен байланыслы Нөкис қаласында 6, Қоңырат районында 3, Нөкис районында 3, Төрткүл районында 2, Елликқала, Шоманай, Әмиўдәрья ҳәм Мойнақ районларында биреўден усындай жағдайлар ушырасқанлығы атап өтилди.
Соның менен бирге, басқа да орынларда карантин талапларына бойсынбаў жағдайлары да ушыраспақта.
Атап айтқанда, Нөкис қаласы Төрткүл гүзарында жайласқан «Парахат» ҳәм «Стомамокс Нукус» жеке меншик стоматологиялары температура өлшеўши ҳәм антисептик затлар менен тәмийинленбеген, келген наўқаслардың арасында социаллық аралық (2 метр) сақланбай атырғаны анықланған. Бундай жағдайлар «Орайлық дийқан базары» және азық-аўқат саўда комплекслеринде де ушыраспақта.
Хожели районындағы Орайлық дийқан базары ҳәм азық-аўқат саўда дүканларының кирип-шығыў орынлары арнаўлы температура өлшеўши ҳәм антисептик затлар менен тәмийинленбеген.
Дослық көшесинде жайласқан «Агро банк» ҳәм «Халқ банки» филиалларының кирип-шығыў орынларына дизбарьер орнатылмаған, температура өлшеўши ҳәм антисептик затлар менен тәмийинленбеген.
Үйрениўлер нәтийжесинде бундай жағдайлар барлық районларда да анықланған.
Сессияда кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жумыслары қайта тикленип атырғаны, бирақ бүгингидей пандемия шараятында арқайынлыққа берилмеў, халқымыз саламатлығын қорғаў басшы ҳәм депутатлардың ең баслы ўазыйпасы екенлигин умытпаўымыз кереклиги айрықша атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.