21.12.2024, Шемби

Ɵзиңизди ҳəм өзгелерди сақлаң!

Бəриңизге белгили, ҳəзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында шөлкемлестирилген арнаўлы Штаб тəрепинен елимизге коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳəм оның тарқалыўының алдын алыў, оған қарсы кескин илажлар кɵриў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.



Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Ɵзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳəм ҳуқық-қорғаў уйымлары тəрепинен бул бойынша ҳəр күни Республикамыз аймақларындағы жəмийетшилик орынлар (базарлар, саўда-сатық, дəриханалар сыяқлы халық тығыз жыйналыўы мүмкин болған орынлар)да карантин қағыйдаларына əмел етилиўи үстинен қатаң қадағалаў бойынша рейдлер өткерилмекте.

Ɵткерилген рейдлер даўамында карантин қағыйдаларына əмел етпеген айырым пуқараларымыздың əмелдеги нызам тийкарында ҳəкимшилик ҳəм жынайый жуўапкершиликке тартылып атырғанын атап өтиў орынлы.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санитария-эпидемиология қадағалаў Мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы берген мағлыўматқа көре карантин дəўири басынан  усы күнге шекем Республикада карантин қағыйдалары менен байланыслы жәмийетлик орынларда нықапсыз жүриў, арнаўлы рухсатнамасыз жеке автотранспорт қуралларын белгиленген ўақыттан тысқары себепсиз ҳәрекетлениў сыяқлы 4700 ден аслам кемшиликлер анықланып, бул бойынша ҳәкимшилик баянламалар дүзилген.

Бир ғана 2020-жылдың 26-май жағдайында болса 85 ҳалат анықланып, соннан 18и автотранспорт қураллары менен байланыслы жағдайлар. Таң қаларлық тəрепи, айырым пуқараларымыздың бийпəрўалығы себепли, бул санлар ҳəр күни артып бармақта.

Ҳүрметли пуқаралар!!!

Рейд жумысларын алып барыўдан мақсет – тек пуқараларға жəрийма салыўдан ибарат емес, əлбетте. Бундағы тийкарғы мақсет күтилип турған қəўиптиң алдын алыўдан ибарат екенин терең түсиниўиңизди қəлеймиз.

Себеби, пуқараларымыздың, хожалық жүритиўши субъектлердиң, мәкеме ҳәм кәрханалардың карантин талапларына әмел етиўде итибарсыз яки арқайынлыққа жол қойыўлары мәмлекетимизде кеселликтиң хәўиж алыўына ҳәм эпидемиялогиялық турақлықтың кескинлесиў қәўипин пайда етеди.

Ҳүрметли Ўатанласлар!!!

Мәмлекетимизде карантин илажларының бираз жумсартылыўына қарамастан, еле әмел етиўимиз лазым болған талаплар сақланып қалады.

Эпидемиялогиялық қәўипсиз аймақка айланаўымыз ушын зәрүрлик болмаса үйден шықпаўды;

жәмийетлик орынларда нықап тағып жүриўди;

жеке гигиеналық қағыйдаларға әмел етиўди;

Мәкеме, кәрхана ҳәм исбилерменлик субъектлериниң санитария-гигиеналық ҳәм карантин талапларына әмел еткен ҳалда жумыс алып барыўларын ҳәм белгиленген талапларға толық әмел етиўиңизди сорап қаламыз!

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети