Бәршемизге белгили, елимизде карантин жәрияланған дәўирден баслап, барлық тараўларда шеклеўлер қойылып, аралықтан турып жумыс алып барыў жолға қойылды. Бул күнлер халқымыз ушын ҳақыйқый сынаўлы демлерге айланды.
Бул сынаўлы күнлерде барлық қала ҳәм районларда Жаслар аўқамы кеўилли хызметкерлери ҳәм волонтёрлар тәрепинен халық ҳәм жаслар ортасында бирқанша үгит-нәсият жумыслары алып барылып, 20 мыңға жақын медициналық нықаплар, қолғаплар, антисептикалық қураллар тарқатылды.
Қайырқомлық
ислерине белди беккем буўған жаслар ықтыярый түрде, Нөкис қаласы ҳәм барлық
районларда жәми 376 жас “Call-орай”ларда мүтәж пуқаралар мүрәжатлерин қабыл етиў ҳәм
оларға азық-аўқат өнимлери, дәри-дармақлар жеткерип бериў менен шуғылланбақта.
Сондай-ақ, 476 жас дезинфекция жумысларында, 219 жас қорғаў (пост) бөлимлеринде
бийғәрез хызмет етпекте.
Аўқамның
Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм барлық аймақлық Кеңеслери
хызметкерлери, “Жаслар-келешегимиз” қоры қала ҳәм районлық филиаллары
хызметкерлериниң бир күнлик ис ҳақылары яғный 10 млн сумнан артық пул қәрежети
кеўилли рәўиште коронавирусқа қарсы гүресиў мақсетинде шөлкемлестирилген
«Мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық» фондына өткерип берилди
“Сақаўат
ҳәм көмек” улыўма халықлық ҳәрекети даўамында “Жаслар-келешегимиз” мәмлекетлик
бағдарламасынан жеңиллетилген кредит алған жас исбилерменлер менен биргеликте Қарақалпақстан
Республикасындағы барлық қала ҳәм районларда жәми 1000нан артық мүтәж
шаңарақларға азық-аўқат өнимлери, дәри-дармақлар, медициналық нықаплар ҳәм
қыйтақ жер нәллери тарқатылды.
Жаслардың
үй шәраятында бос ўақытларын мазмунлы өткериўин шөлкемлестириў мақсетинде “Үйде
қалың!”, “Биз биргемиз!” хештеглери ҳәм “Үйде қалып, китап оқыймыз!”, “Үйде
қалып, қосық еситиң”, “Үйде қалың, пайда алың” челленжлери өткерилип, онлайн
тәризде түрли мазмундағы таңлаўлар шөлкемлестирилди. Әсиресе, тәжирийбели
қәнигелердиң онлайн вебинарлары жаслардың тараўлар бойынша билим көнликпелерин
асырыўда жақыннан жәрдем көрсетпекте.
Хабарыңыз
бар, Президентимиз тәрепинен илгери сүрилген бес балама карантин дәўиринде де
тоқтаўсыз ҳәрекетте болды. Биз буны “Бес баслама үйде”, “Мен оқыған ең жақсы
китап”, “Жас гитарашылар”, “Биз үйде ата-анамызға көмекшимиз”, “Бахытлы
шаңарақ-бахытлы келешек” онлайн таңлаўлары, “Айдын” ҳәм “Брейн-ринг” интеллектуал
ойынларын шөлкемлестириў арқалы әмелге асырдық.
Жаслар
арасында китапқумарлыққа шақырыў, олардың руўхый дүньясын байытыў мақсетинде
телеграм тармағында 4 аудиокитаплар каналы иске түсирилди. Бул каналларда жети
жастан жетпис жасқа шекемги тыӊлаўшылар ушын яғный кишкене балажанларымыз ушын
ертек китаплардан баслап қарақалпақ, өзбек ҳәм ҳәттеки жәҳән әдебияты
дүрданалары жәм болған китаплар үгит-нәсиятланады.
Әмиўдәрья,
Беруний, Хожели, Тақыятас, Шоманай, Шымбай, Тахтакөпир районларынларында жаслар
жетекшилери тәрепинен мектеп китапханаларынан оқыўшы жаслар үйлерине 5000 нан
артық китаплар жеткерип берилди.
Теңлеслерине
ҳәр қашан өрнек болып келген Сәрдарларымыз тәрепинен
@Krsardorlari телеграмм социал тармағында шөлкемлестирилген
"SPRING BREAK", "AYAZIY
AWLADI", "Dem alista KU’N", "Sa’rdarlar
intelekt viktorinasi", "Bir Sa’rdardin’ tariyxi", "Discuss and stay home ",
"Life hack" таңлаўлары жети мыңнан артық жасларда
қызығыўшылық оята алды. Сондай-ақ, @ilim7
телеграм социал тармағында “Билимли жаслар”
каналы ашылып, онда жаслар билимлерин сыннан өткермекте.
Төрткүлде “Жас скрипкашылар”, Тақыятаста “Қуўнақлар ҳәм зийреклер”
онлайн таңлаўлары көпшилик жасларда қызығыўшылық оята алғанлығы менен
әҳмийетли. Спорт, исбилерменлик тараўларында онлайн семинар-тренинглер,
инстаграм тармағында жанлы тәризде шеберлик сабақлары жаслар ҳәм аўқам ортасындағы аралықты сездирмеди десем
асыра айтқан болмайман. Себеби, бул илажларды бақлап барған ҳәм онда
белсендилигин көрсеткен жасларымыз көпшиликти қурайтуғынлығы пикиримниң
дәлийли.
“Еслеў ҳәм қәдирлеў” күни қарсаңында басланғыш шөлкем жетекшилери
“Перзентлик парызым” жойбары шеңберинде қала ҳәм район аймақларында
жасаўшы Екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары
ҳәм мийнет ветеранлары, сондай-ақ хызмет ўақтында қаза тапқан әскерлердиң
шаңарақ ағзаларынан хабар алып, байрам саўғаларын тапсырды. Олардың үй алды
қыйтақ жерлерине ҳәм үй жумысларында карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда
кеўилли жаслар тәрепинен жәрдем көрсетилди.
Жақында ғана, 15 май – “Халық аралық шаңарақ
күни” мүнәсибети менен “Бахытлы шаңарақ – бахытлы келешек” ураны астында 5
жөнелис бойынша Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилген таңлаўда
Қарақалпақстаннан 52 жас шаңарақ қатнасып, соннан еки жас шаңарақ “Мениң
бахытлы шаңарағым” шығармалар жөнелиси ҳәм “Шаңарағымыздың шежире тереги” жөнелиси
бойынша Республикалық басқышта жеңимпаз деп табылды.
Сондай-ақ, “Жаслар-келешегимиз” қоры
тәрепинен өткерилген “Үйде қал, пайда ал” челленжинде Қарақалпақстаннан 100 ден
аслам жаслар қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизген Тақыятаслы жас исбилермен
Келова Жерен ҳәм Жолманов Нурсултанларды айрықша атап өтиў орынлы.
Карантин пандемиясы өз күшин көрсетиўине
қарамастан, жаслар оқып излениўден, билим алыўдан, таңлаўларда қатнасыўдан ҳәм
жетискенликлерге ерисиўден тоқтамады. Әсиресе, жас фермерлер, ҳәттеки жумыссыз
жаслар да егис майданларында тынымсыз
мийнет етип, бар күш – ғайратын елимиз қырманына үлес қосыўға жумсады.
Бундай ҳәр тәреплеме ақыллы, мийнеткеш,
зейинли, талантлы, өнерли жасларымыз бар екен ертеңги келешегимизден кеўлимиз
тоқ.
А.Данияров.
Өзбекстан
жаслар аўқамы
Қарақалпақстан
Республикалық
Кеңеси
баслығы, сенатор.