Соңғы жылларда елимизде исбилерменликти раўажландырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм бизнес жүргизиў ушын қолайлы орталық жаратыў, исбилерменлердиң нызамлы мәплерин қорғаўдың ҳуқықый кепилликлерин беккемлеў тараўында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, салық системасы
түптен реформаланды, руқсат бериўши ҳүжжетлерди алыў тәртиби әпиўайыластырылды,
исбилерменлик субъектлериниң финанслық-хожалық искерлиги менен байланыслы
болмаған режели тексериўлер бийкар етилди.
Соның менен бирге, киши бизнес ҳәм
жеке исбилерменликти раўажландырыў жаңа басқышқа көтерилип, бир қатар
машқалалар өз шешимин таппақта.
Алып барылып атырған реформалар
даўамы сыпатында, яғный исбилерменлердиң мүрәжатлары менен ислесиўдиң сапасын
асырыў, олар менен ашық ҳәм туўрыдан-туўры қабыллаўды тәмийинлеў, олардың
нызамлы талапларын әмелий ҳәм нәтийжели шешиў мақсетинде, Өзбекстан
Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 14-май күнги “Исбилерменлик жумысын
қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары
ҳаққында”ғы ПП-5718-санлы Пәрманы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы,
ўалаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниӊ
Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары шөлкемлестирилип, өз
жумысларын баслады.
Пәрман менен, Исбилерменлердиӊ мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары жумысыныӊ
тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди:
- исбилерменлик субъектлерин ҳәм сырт ел
инвесторларын қабыл етиў, соның ишинде, видеоконференц
байланыс қуралында да көшпели қабыллаў өткериў;
- исбилерменлик субъектлериниң,
соның ишинде, сырт ел инвесторларының ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел
етилиўин тәмийинлеў;
- исбилерменликти раўажландырыўға
тосқынлық етип атырған машқалалы мәселелерди көрип шығыў ҳәм бар бюрократлық,
соның ишинде, жер участкалары ҳәм имаратлар, кредитлер ажыратыў, рухсат бериўши
ҳүжжетлерди алыў мәселелериндеги тосқынлықларды сапластырыў;
- исбилерменликти раўажландырыўға ҳәм сырт ел
инвестицияларын тартыўға тосқынлық етип атырған системалы машқалаларды
мониторинг етиў, улыўмаластырыў ҳәм таллаў, сондай-ақ, бул тараўдағы нызам
ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў;
- исбилерменлердиң машқалаларын шешиў мақсетинде
оларды қабыл етиў, улыўмаластырыў, мониторинг алып барыў ҳәм қадағалаў ушын
нәтийжели платформа енгизилиўин нәзерде тутатуғын «business.gov.uz»
бирден-бир интерактив порталының жумыс алып барыўын тәмийинлеў.
Соның менен бирге, Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларында исбилерменлерди, соның ишинде, сырт ел инвесторларын қабыл етиў ҳәкимликлер, Саўда-санаат палатасының исбилерменликке көмеклесиў орайлары, инвестициялар ҳәм саўда, әдиллик, салық инспекциясы, қурылыс, мәмлекетлик кадастр уйымлары, банк ҳәм басқа да шөлкемлердиң аймақлық уйымларының ўәкиллери қатнасыўында тастыйықланған кесте бойынша ҳәр күни әмелге асырылады.
Өткен қысқа дәўир ишинде, яғный 1 жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларына исбилерменлерден 3500 ден аслам мүрәжатлар келип түскен болса, соннан 2000 ға шамаласы өз шешимин тапты.
Келип түскен мүрәжатлар тийкарынан сол жердиң өзинде, яғный дүзилген исши топар менен биргеликте үйренилип, исбилерменлердиң мәселелери өз шешимин таппақта ҳәмде сектор басшылары менен биргеликте орынларға шығып көшпели қабыллаўлар өткерилип, исбилерменлер менен жеке ушырасқан ҳалда мүрәжатларын тыңлаў жолға қойылған.
Сондай-ақ, киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған әҳмийетли машқалалар додалаў мәқсетинде қабыллаўханалар жанында искер (актив) исбилерменлер, юристлер ҳәм жәмәәтшилик ўәкиллеринен ибарат жәмәәтшилик Кеңеслери шөлкемлестирилип, олар тәрепинен исбилерменлердиң ҳуқықый мәдениятын асырыў ҳәм экономикалық көнликпелерин қәлиплестириўге қаратылған жумысларды әмелге асырмақта.
Жәнеде, Исбилерменлер қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлар аймақлар ҳәм тараўлар кесиминде талықланып, бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап атырған ҳәм тосық болып атырған системалы машқалалар талықланып, бул тараўда нызам ҳүжжетлерди жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылмақта.
Улыўмаластырып айтқанымызда, Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары шөлкемлестирилиўи менен, исбилерменлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўин тәмийинлеў, олардың искерлигин раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалалы мәселелерди көрип шығыўға қаратылған бирден-бир системасы жаратылды.
Р.Айтмуратов
Қарақалпақстан Республикасындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы