Алдын хабар етилгениндей, «Мəҳəлле» қайырқомлық жəмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бɵлими жанында ҳəзирги карантин дəўиринде социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм көп балалы шаңарақларды, майып шахслар ҳәм жалғыз кекселерди, сондай-ақ, өз дәраматларын жоғалтқан ўақытша жумыссыз болған физикалық шахсларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Сақаўат ҳəм жəрдем» қоры шөлкемлестирилди.
Көпшилик пуқараларымыздан усы қордың жумысы
ҳаққында келип түсип атырған мүрəжатларға бола дəслеп оның жумыс алып барыў тəртиби
менен қысқаша таныстырып өтсек.
Хош, Қəўендерлик қайрқомлықларды муўапықластырыў
орайынан өзгеше түрде «Сақаўат ҳəм жəрдем» қоры тəрепинен жəрдемге мүтəж пуқаралар
қалай анықланады?
Ɵзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң 2020-жыл
22-апрелдеги арнаўлы бийлигине тийкар Нөкис қаласы ҳəм районлардағы ҳəр бир
сектор басшысы тийисли өзин-өзи басқарыў уйымлары (МПЖ, АПЖ, ППЖ) баслықлары
менен биргеликте мəҳəллелердеги ҳəр бир шаңарақтың, пуқаралардың материаллық
жағдайын үйреген ҳалда ҳəптелик жəрдем көрсетилетуғын мүтəж шаңарақлардың
дизимин ҳəм оларға берилиўи керек болатуғын қаржылар, күнделикли тутыныў
товарлары, дəри-дəрмақлар менен басқа да өнимлердиң муғдарын қәлиплестиреди ҳəм
жыйналған мағлыўматлар халық депутатлары жергиликли кеңеслерине киргизиледи.
Мəлим болғанындай, материаллық жəрдемлер
халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң арнаўлы қарарлары тийкарында
ажыратылады.
Демек, ҳəзирги сынақлы демлерде социаллық
қорғаўға мүтəж пуқараларымыз өзи жасап атырған аймақтағы тийисли Сектор
басшылары менен өзин-өзи басқарыў уйымларының басшыларына мүрəжат етиўи тийис.
2020-жылдың 13-май ҳалатына Қарақалпақстан
Республикасы Нөкис қаласы ҳəм барлық районлар шеңберинде мине, усы тийкарда ҳəр
бир сектор баслықлары басшылығында қәўендерлер тәрепинен материаллық жəрдемге
мүтəж шаңарақларға 330 миллион сўмға жақын муғдарда жəрдемлер көрсетилди.
Қалған шаңарақларды да қоллап-қуўатлаў бойынша белгиленген тəртипте
системалы жумыслар алып барылмақта.
Усы орында «Сақаўат ҳəм жəрдем» қорының есап
бетине бүгинги күнге келип 4 миллард 800 миллион сўмнан аслам қаржылардың
келип түскенин атап өтиў орынлы. Бул ушын əлбетте, тийисли мəмлекетлик ҳəм
хожалық басқарыў уйымларына ҳəм көп санлы қəўендерлерге миннетдаршылығымызды
билдиремиз.
«Сақаўат ҳəм жəрдем» қоры тəрепинен ҳəзирги
карантин дəўиринде социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм көп балалы шаңарақларды, майып
шахслар ҳәм жалғыз кекселерди, сондай-ақ, өз дәраматларын жоғалтқан ўақытша
жумыссыз болған физикалық шахсларды қоллап-қуўатлаў жумыслары даўам етеди.
Сизден усындай сынақлы демлерде карантин
қағыйдаларына қатаң əмел етиўиңизди сораймыз!
«Мəҳəлле» қайырқомлық жəмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бɵлими