Ҳүрметли Ўатанласлар!
Белгили болғанындай ҳəзирги ўақытта елимизде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў, оған қарсы кескин илажлар кɵриў бойынша көлемли илажлар əмелге асырылмақта.
Әҳмийетли тəрепи, ғалабалық түрде көрилген
усы оператив илажлар өз нəтийжесин берип, коронавирус инфекциясынан емленген
пуқаралардың саны күннен күнге артып бармақта.
Ҳүрметли Президентимиздиң
басламамлары тийкарында Республикалық арнаўлы комиссияның қарарлары менен мине,
избе-изликте карантин қағыйдалары да жумсартылмақта.
Ҳүрметли пуқаралар!
Деген менен, арқайынлыққа берилиўге болмайды! Бул дегени, биз қəўипти пүткиллей жеңип өттик дегени емес. Себеби, корнавирус инфекциясы анықланған 500 ден аслам пуқара еле толық шыпа таппады ҳəм бул санлардың да артып кетпеўине ҳеш ким кепиллик бере алмайды. Бəри өзимизге байланыслы. Биз əмелдеги карантин қағыйдаларына толық əмел еткен ҳалда ғана өзимизди ҳəм сол арқалы өзгелерди сақлап қала аламыз.
Әйне пайытта Ɵзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳəм Айрықша жағдайлар министрлиги сыяқлы басқа да жуўапкер органлар тəрепинен елимизге коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳəм оның тарқалыўының алдын алыў, оған қарсы кескин илажлар кɵриў бойынша көлемли жумыслар алып барылмақта.
Атап өтилген тийисли тараў ўəкиллери күни-түни Сизиң денсаўлығыңыз ушын өзлериниң денсаўлығын қəўип-қəтер астында қалдырып, тынымсыз гүрес алып бармақта.
Тилекке қарсы, жəмийетимизде Ғалаба хабар қураллары тəрепинен коронавирус инфекциясының аянышлы ақыбетлери ҳəм оның алдын алыў бойынша карантин қағыйдаларына қатаң əмел етиў зəрүрлиги ҳаққында күни-түни жəрияланып атырған үгит-нəсият жумысларына қарамастан, айырым пуқараларымыз тəрепинен əмелдеги қағыйдаларды бузыў ҳалатлары ушыраспақта.
Сыр емес, саўда орынларында ҳəм дəриханаларда аралық сақламастан тығызлық пайда етиў, турақ жайлар əтирапында ҳəм көшелерде нықапсыз жүриў жағдайларының бақланып атырғаны бар гəп.
Ҳүрметли кəсиплеслер, барлық түрдеги Ғалаба хабар қуралларының ўəкиллери!
Бəринен бурын, Сизиң Елимиздиң басына туўып турған сынақлы демлерде Ҳүкимет тəрепинен əмелге асырылып атырған оператив илажларды жəмийетшилигимизге өз ўақтында жеткерип, халқымызды қырағылыққа шақырып, руўхыйлығын көтериўдеги дөретиўшилик мийнетлериңизди жоқары қəдирлеймиз.
Жоқарыдағы ҳалатларды инабатқа алып, қыйын
қыстаўлы демлердиң соңы көринип турған бир пайытта халқымызды карантин
қағыйдаларына сабыр тақат пенен əмел етиўге шақырыўдағы үгит-нəсият жумысларын
алып барыўда буннан былай да бирге ислесиўге шақыраман.
Чаржаубай Елмуратов
Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңеси Баслығының Баспасөз хаткери