Ҳүрметли шыпакерлер ҳәм медицина тараўы хызметкерлери!
Бәршеңизди ҳәр жылы елимизде кеңнен белгиленип киятырған кәсиплик байрамыңыз – «Медицина хызметкерлери күни» менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлаймыз.
Халықтың саламатлығын, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, медициналық хызметтиң сапасын арттырыў, қәстелерге шыпа бағышлаў жолындағы Сизлердиң оғада машақатлы ҳәм ийгиликли ислериңизди жоқары баҳалаймыз.
Өзлериңиз жақсы билесизлер, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар әҳмийетли Пәрман ҳәм Қарарлардың қабыл етилиўи бүгинги турмысымызда түпкиликли өзгерислер менен жаңаланыўларға беккем тийкар болмақта.
Ҳәзирги ўақытта денсаўлықты сақлаў системасын буннан былай да жетилистириў, медициналық хызметтиң нәтийжелилигин арттырыў, тараўда мәмлекетлик емес секторды раўажландырыў, халыққа сапалы дәри-дәрмақлар жеткерип бериў бағдарындағы жумыслар сапа жағынан жоқары басқышларға көтерилип бармақта.
Бунда әлбетте, елимизде дүнья медицинасы әмелиятындағы соңғы жетискенликлер ҳәм алдынғы технологиялардың енгизилиўи, маман кадрлар таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасының және де жетилистирилиўи, заманагөй медицина мәкемелериниң қурылыўы, олардың материаллық-техникалық базасының беккемленип барылыўы турмысымызда айрықша орын тутпақта.
Бәршеңизге мәлим, күни кеше болып өткен селектор мәжилисинде Ҳүрметли Президентимиз “Халық медицина тараўына қаншелли исенсе, мәмлекетке де соншелли исенеди. Халық көрсетилип атырған медициналық хызметлерден разы болса — мәмлекеттен, бүгинги жүргизилип атырған сиясаттан да разы болады”,-деген терең мазмунли пикирге айрықша тоқтап өтти.
Сондай-ақ, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қәнигелестирилген медициналық орайлардың жумысларын раўажландырыў, фармацевтика санаатын қоллап-қуўатлаў, тараўдың кадрлар потенициалын күшейтиў, медициналық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын және де беккемлеў ҳәм медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў менен байланыслы бир қатар әҳмийетли ўазыйпалардың белгилеп берилиўи бәршемизди адамларды турмыстан разы етиў жолындағы ийгиликли ислерге руўхландырады.
Усы мақсетте қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў системасын жедел раўажландырыў, халық медицинасы тараўын тәртипке салыў, халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламына медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бүгинги күндеги ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздан саналады.
Мине, быйылғы жылдың өзинде жергиликли бюджет қаржыларының 26 пайызы медицина тараўына ажыратылыўы, яғный өткен жылға салыстырғанда 121 пайызға көбейгени медициналық хызметтиң сапасын арттырыўға, тараў пидайыларының мийнетин хошаметлеўге, емлеўдиң заманагөй технологияларын ҳәм усылларын кеңнен енгизиўге беккем тийкар жаратады.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, быйылғы жылы денсаўлықты сақлаў объектлеринде 55 миллиард сумлық қурылыс ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылған болса, жергиликли бюджет есабынан дерлик 50 миллиард сумлық қаржылар медициналық мәкемелердиң материаллық-техникалық базаларын беккемлеў ушын қосымша ажыратылды.
Қалаберсе, тараўдың бир қатар пидайыларының мәмлекетлик сыйлықларға миясар деп табылыўы, шыпакерлеримиздиң айлық ис ҳақыларының көтерилип барыўы, тараў хызметкерлериниң материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатланыўы Сизлерге деген айрықша итибар ҳәм ғамқорлықтың көриниси саналады.
Буған жуўап ретинде ҳәр бириңиз елимиздиң ең жоқары байлығы болған инсан саламатлығын қорғаўда, кеселликлерди ерте анықлаўда, оның түрлерин азайтыўда ҳәм алдын алыўда, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде белсендилик көрсетесизлер, деп беккем исенемиз.
Қәдирли медицина тараўы хызметкерлери!
Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, инсан саламатлығын қорғаўдай оғада машақатлы, жуўапкерли ҳәм ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймиз!
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
М.Ерниязов
Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң Баслығы
Қ.Сариев