30.12.2024, Дүйшемби

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫ КӘСИП-ӨНЕР ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ ОҚЫТЫЎ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Елимизде ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, олардың исбилерменлик жумысын арттырыў, қәсипке оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, исбилермен ҳаял-қызлардың экономиканы раўажландырыўдағы ролин буннан былай да арттырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы «Шаңарақты ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-87-санлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

Жаслар ҳәм ҳаял-қызларды және исбилерменликке оқытыў бағдарламаларына қатнасатуғын мәмлекетлик емес шөлкемлердиң электрон реестирне киргизилген мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери (кейинги орынларда – мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери), профессионал билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектебиниң (кейинги орынларда – Жоқары мектеп) кәсип-өнерге үйрететуғын оқыў курсларына бағдарланған жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң аймақлық басқармалары тәрепинен үш тәреплеме шәртнама тийкарында оқыў курслары баҳасының 70 проценти, бирақ 1 миллион сумнан аспаған бөлеги компенсацияланып бериледи;

үш тәреплеме шәртнама пуқара, Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти  раўажландырыў агентлигиниң аймақлық басқармалары ҳәм усы бәнтте көрсетилген билимлендириў шөлкемлери арасында мәҳәлледе исбилерменликти  раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкиминиң жәрдемшилери (кейинги орынларда – ҳәким жәрдем шилери) усынысына бола дүзиледи;

«Ҳаял-қызлар дәптери»не, «Жаслар дәптери»не, ҳәм «Темир дәптер»ге киргизилген  жаслар ҳәм ҳаял-қызларды Жоқары мектеп тәрепинен оқытыў жумыслары толық бийпул әмелге асырылады;

мәмлекетлик емес шөлкемлер, профессионал билимлендириў мәкемелери ҳәм Жоқары мектептиң кәсип-өнер бағдары бойынша оқыў курсларын тамамлаған жумысссыз ҳаял-қызлар Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен бар бос жумыс орынларына жайластырылады;

исбилерменлик бағдары бойынша оқыў курсларын тамамлаған ҳаял-қызларға исбилерменлик субъекти сыпатында мәмлекетлик дизимнен өтиўден баслап, өз жумысын еркин алып барыўға шекемги процессте ҳәким жәрдемшилери тәрепинен системалы түрде әмелий жәрдем көрсетип барылады.

2. Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги жанындағы Халықты исбилерменликке тартыў қоры тәрепинен мийнетке жарамлы, майыплығы болған ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеген жумыс бериўшилер ушын  6 ай даўамында ҳәр айда базалық есаплаў муғдарының 2 есесинен аз болмаған муғдарында субсидия ажыратылатуғыны белгиленсин;

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги еки ай мүддетте мийнетке жарамлы, майыплығы болған ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеген жумыс бериўшилер ушын субсидиялар ажыратыў тәртибин нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

3. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола; «Ҳаял-қызлар дәптери»не, «Жаслар дәптери»не, ҳәм «Темир дәптер»ге киргизилген  пуқараларға, биринши гезекте, ҳаял-қызларға ҳәким жәрдемшисиниң усынысы тийкарында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының «Сақаўат ҳәм көмек» қоры есабынан мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери ҳәм профессонал билимлендириў мәкемелериниң оқыў курсы баҳасының қалған 30 процент бөлеги Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң аймақлық басқармасы, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, тийислилиги бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў шөлекемлери ямаса профессионал билимлендириў мәкемелери ҳәм пуқара арасындағы шәртнамаға муўапық алдын ала төлеў арқалы қаплап бериледи.

4. Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети, Саўда-санаат палатасы және Жоқары мектеп пенен биргеликте бир ай мүддетте:

ҳәр бир мәҳәлле кесиминде жумыссыз деп табылған ҳәм ислеў ямаса исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегин билдирген ҳаял-қызлардың басланғыш дизимин қәлиплестирсин;

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары, Жоқары мектептиң аймақлық филиаллары, Саўда-санаат палатасында қәлиплестирилген дизимлерге киргизилген ҳаял-қызлардың кәсип-өнерге («Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымларарлық программалық-аппарат комплексиниң электрон мәлимлеме системасында бар бос орынларынан келип шыққан ҳалда) ҳәм исблерменликке оқытылыўын тәмийинлесин;

ҳәким жәрдемшилериниң усынысына тийкарланып кәсип-өнер бағдарлары бойынша курсларды тамамлаған ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында «Онлайн-мәҳәлле» платформасын Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң «M3hna5.7z» платформасына интеграциялаў арқалы оларды бар бос жумыс орынларына бағдарласын.

5. Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

 6. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң директоры М.М.Убайдуллаев белгиленсин.

 Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаўға жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм З.Б.Махкамоваға жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 22-июль