Өзбекстан
Республикасы Президентиниң
қарары
Автотранспорт
қуралларынан пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлылықлар жаратыў, республикада
жолаўшы тасыў транспорт системасын раўажландырыў, бул бағдарда көрсетилип атырған
хызметлердиң сапасын арттырыў, жумыссызлықты қысқартыў және транспорт
хызметлери базарын раўажландырыў мақсетинде:
1.
2022-жыл 1-сентябрьден баслап автотранспорт қураллын басқарыў ҳуқықын беретуғын
исеним хатларын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы
электрон тәризде рәсмийлестириў системасы енгизилсин.
2.
а) электрон тәризде рәсмийлестирилген автотранспорт қуралын басқарыў ҳуқықын
беретуғын исеним хатын (кейинги орынларда – электрон исеним хаты) нотариал
тастыйықлаў талап етилмейтуғыны;
б)
электрон исеним хатын рәсмийлестириў ушын мәмлекетлик бажы оның әмел етиў мүддетинен
келип шыққан ҳалда исеним хатын нотариал тастыйықлаў ушын орнатылған мәмлекетлик
бажыға салыстырмалы төмендеги процентлерде өндирилетуғыны:
бир
айға шекемги мүддетке -10 процент;
алты
айға шекемги мүддетке - 50 процент;
үш
жылға шекемги мүддетке - 100 процент.
в)
электрон исеним хаты бар екени Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң
хызметкерлери тәрепинен мобиль қурылмалар арқалы тексерилетуғыны;
г)
электрон исеним хаты рәсмийлестирилмеген автомобиль қуралын басқарыў ҳуқықын беретуғын автомобильлерге әмелдеги нотариал тастыйықлаў тәртиби сақлап қалынатуғыны
белгилеп қойылсын.
3. Юридикалық тәреплерге тийисли автотранспорт
қуралларын басқарып атырған шахслардың еки жылда бир мәрте мәжбүрий маманлығын
арттырыў талабы бийкар етилсин.
4.
2022-жыл 1-сентябрьден баслап пуқаралар ҳәм жолаўшы тасыў жумысын әмелге асырыў
ушын лизенцияға ийе болған юридикалық тәреплер арасында дүзилетуғын транспорт қуралының
ижара шәртнамаларын нотариал тастыйықлаў талабы бийкар етилсин және оларды мәмлекетлик
салық хызмети уйымлары мәлимлеме системалары арқалы электрон тәризде есапқа алыў
системасы енгизилсин.
Мәмлекетлик
салық комитетине үш ай мүддетте усы бәнтке тийкарланып транспорт қуралы ижарасы
шәртнамаларын есапқа алыў системасының иске түсирилиўи және оны Транспорт
министрлиги ҳәм Ишки ислер министрлигиниң мағлыўматлар базалары менен
интеграцияланыўын тәмийинлесин.
5. 2022-жыл 1-сентябрьден 2024-жылдың ақырына
шекем сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
жолаўшыларды
айдаўшыдан тысқары төрттен артық болмаған отырғышларға ийе болған жеңил
автотранспорт қуралларында жумысы өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин
болған жумыс (жумыслар, хызметлер) түрлери дизимине киргизиледи;
өзин-өзи
бәнт еткен шахслар тәрепинен жолаўшыларды жеңил автотранспорт қуралларында тасыў
жумысы лицензия қағазы тийкарында әмелге асырылады;
лицензия
қағазын бериўде автомобильдиң эксплуатация дәўирине қойылған талап бийкар
етиледи;
жолаўшыларды
жеңил автотранспорт қуралларында тасыў жумысы менен шуғылланатуғын өзин-өзи бәнт
еткен шахслар (кейинги орынларда – өзин-өзи бәнт еткен тасыўшылар) бир жылда
бир мәрте транспорт қуралын техникалық тексериўден өткериўи шәрт;
өзин-өзи
бәнт еткен тасыўшылар «7z54an!» мәлимлеме базасына
киргизилген көп тармақлы поликлиникалар ҳәм жеке меншик медицина мәкемеси арқалы
бир жылда бир мәрте медициналық тексериўден өткерилиўи шәрт;
Жөнелиссиз
такси жумысы ушын лицензия қағазы берилгени ушын мәмлекетлик бажы барлық түрдеги
тасыўшылардан жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында өндириледи.
Онда мәмлекетлик хызметлерди көрсеткенлик ушын жыйым өндирилмейди;
Жөнелиссиз
такси хызмети жумысына рухсат беретуғын лицензия қағазларында жумыс аймағы көрсетиледи;
өзин-өзи
бәнт еткен тасыўшылардың автомобиль транспортының төбесине «5AX8» танымалы белги тоқ сары
реңли фонарь орнатылады;
басқа
тараўларда мийнет шәртнамасына тийкарланып бәнт болған шахслар бир ўақыттың өзинде
жолаўшыларды жеңил автотранспорт қуралларында тасыў жумысы менен өзин-өзи бәнт
еткен шахс сыпатында дизимнен өткен ҳалда шуғылланыўы мүмкин;
6.
Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Қудбиев) Транспорт министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте жолаўшыларды жеңил
автотранспорт қуралларында тасыйтуғын ҳәм оларға қарыйдарларды излеў бойынша
интерактив хызметлерди көрсететуғын исбилерменлик субъектлери тәрепинен жолаўшы
тасыўға байланыслы нызамшылық талаплары орынланыўын қадағалаў механизмлерин нәзерде
тутатуғын реже жойбарын ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине
киргизсин.
7.
Транспорт министрлиги (И.Маҳкамов):
үш ай мүддетте Әдиллик
министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен
биргеликте техникалық ҳәм медициналық тексериў, қамсызландырыў полиси ҳәм
лицензия қағазларын рәсмийлестириў процесслерин жеңиллетиў мақсетинде «7z54an!» мәлимлеме системасын
жетилистириў, «Лицензия» ҳәм басқа да мәлимлеме системалары менен уйымлараралық
интеграцияны кеңейтиў бойынша әмелий илажлар көрсин;
еки
ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм
қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
8.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри
А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент
қаласы,
2022-жыл 7-июль