22.12.2024, Екшемби

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасын шөлкемлестириў ҳаққында


 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжаатлары менен ислесиў системасын түптен жетилистириўге тийисли ис-илажлар ҳаққында»ғы
ПФ-4904-санлы Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы шөлкемлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы, ўалаятлар ҳәм Ташкент қаласында, сондай-ақ, ҳәр бир қала ҳәм районда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары ашылды.

Бүгинги күнде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары халық пенен тиккелей сөйлесиўлерди шөлкемлестириў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын толық қорғаўға қаратылған уйымға айланды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң 2017-жыл
 9-августтағы 214-III-санлы ҳәм Нызамшылық палатасы Кенгашиниң 2017-жыл
 9-августтағы КҚ-1004-III-санлы қарарлары ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2017-жыл 11-августтағы 151/XVII-санлы сессия қарары менен Хожели районы қурамындағы «Кенегес», «Сарайкөл», «Найманкөл» мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм Тақыятас қаласы аймақлары бирлестирилип, Тақыятас районы шөлкемлестирилди.

Тақыятас районында бүгинги күнде халық саны 71,4 мың болып, бул пуқаралардың пикирин, машқалаларын еситиў ҳәм оларды шешиў, сондай-ақ олардың ҳуқық ҳәм мәплерин, мүрәжаатларды толық ҳәм қысқа мүддетлерде қарап шығылыўын тәмийинлеў, жергиликли ҳәкимлик, мәкеме ҳәм кәрханалар басшыларының жуўапкершилигин асырыў ҳәм ҳәр бир мүрәжаатты өз ўақтында көрип шығыўды жолға қойыў мақсетинде районда Халық қабыллаўханасын шөлкемлестириў зәрүрлиги пайда болмақта.

Жоқарыдағыларды инәбатқа алып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарар етеди:

1. Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжаатлары менен ислесиўдиң сапа жағынан жаңа системасын енгизиў ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги ПФ-4904-санлы Пәрманы талапларын орынлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасы шөлкемлестирилсин.

2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Ислер Басқармасы (М.Джуманиязов) Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлиги  (М.Содиков) менен биргеликте:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасының штатлар кестесиниң ислеп шығылыўын;

қабыллаўхананың штатлар кестесин дизимнен өткериў ҳәм зәрүр қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.

3. Тақыятас районы ҳәкимлигине (Ф.Алламбергенов):

- Халық қабыллаўханасын тийисли имарат пенен тәмийинлеў;

- пуқаралар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, атап айтқанда, кириў жоллары, пандуслар, күтиў ҳәм пуқараларды қабыл етиў ханалары, хызметкерлер ушын ханалар, «Ана ҳәм бала» ханасы, сондай-ақ санитария-гигиена ханалары ажыратыў;

- Халық қабыллаўханасын копьютер, нусқа көбейтириў ҳәм басқа да техникалар, канцелярия буйымлары, байланыс қураллары менен тәмийинлеў ҳәм оларды Интернет тармағына жалғаў тапсырылсын. 

4. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығының биринши орынбасары А.Тажетдиновқа жүкленсин.   

Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеңесиниң Баслығы                                     Қ.Сариев