30.12.2024, Понедельник

2018 йил 11 декабр: Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси Ўзбекистон Республикасинининг Кореа Республикасидаги элчисини қабул қилди

Бəршемизге мəлим, Ҳүрметли Президентимиздиң усы жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары ўақтында берилген тапсырмалар ҳəм кеңейтирилген тəризде өткерилген мəжилис протоколы тийкарында елимиздиң Қытай, Корея, Кувейт, Германия, Япония мəмлекетлериндеги елшилери алдына усы аймаққа 7 триллион 341 миллиард сумлық 30 проектти əмелге асырыў ўазыйпалары белгилеп берилген еди ҳəм бул бағдардағы ийгиликли ислер басланып кетти.

11-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасының Кореядағы Айрықша ҳəм толық ҳуқықлы елшиси В.Фен басшылығындағы делегацияны қабыллаў мəресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов елимиз елшиси менен келген кореялы мийманларды республикамызға сапары менен қызғын қутлықлап, үлкемиздиң географиялық жайласыўы, халқы, административлик дүзилиси, тəбийғый байлықлары ҳəм өним ислеп шығарыў имканиятлары,  сондай-ақ, республикамызды ҳəр тəреплеме раўажландырыў жолында ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында əмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен жақыннан таныстырды. Соңғы қысқа ўақыт ишинде ҳəр еки мəмлекет арасында ҳəр тəреплеме байланыслардың жақсы жолға қойылғанлығын ҳəм бул байланыслар бүгинги күни жаңа басқышқа көтерилгенин де атап өтти.

Өз нəўбетинде елши В.Фен ҳəм кореялы инвесторлар: «Кангнам Джевиско» компаниясының вице-президенти Пак Чи Кюнг ҳəм атқарыўшы директоры Ким Кю Тэ жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын республикамыз басшысына өз миннетдаршылығын билдирди. 
Сапар даўамында ҳəр еки тəреп режелар, келешекте биргеликте əмелге асырылатуғын проектлер бойынша өз-ара пикир алмасты. Сондай-ақ, мəресимде жақын ўақыт аралығында кореялы инвесторлар тəрепинен республикамызда иске түсирилиўи режелестирилип атырған лак-бояў заводының презентациясы болып өтти. 

Корея экономикалық байланыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасының исенимли шериклеринен саналады. Бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасы ҳəм Корея мəмлекети арасында саўда-экономикалық көрсеткишлерге нəзер тасласақ, 2017-жылы ҳəр еки тəрептиң товар айланысы 28,4 млн. АҚШ долларын, усы жылдың январь-октябрь айларында болса 39,1 млн. АҚШ долларын қураған. Сондай-ақ, өткен жылы республикамызға Кореядан 39,2 млн. АҚШ доллары муғдарындағы инвестициялар киргизилген болса, бул көрсеткиш быйылғы жылдың өткен он айы даўамында 40,1 млн. АҚШ долларын қурады. Бул денсаўлықты сақлаў, туризмди раўажландырыў, билимлендириў, фармацевтика, қурылыс ҳəм басқа да тараўларда өз көринисин таппақта. Корея инвесторлары қатнасыўында республикамызда бир қатар қурылыс жумыслары əмелге асырылған.  

Мағлыўмат ушын атап өтсек, өткен айлар даўамында Корея, Қытай, Уллы Британия, Швецария, Россия сыяқлы мəмлекетлерден жəми 138 миллион АҚШ долларына жақын инвестициялар алып кирилгени экономикамыздың барған сайын беккемленип баратырғанлығынан дəрек береди.