30.10.2024, Среда

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МИНИСТРЛЕР КЕҢЕСИНИҢ БИЙЛИГИ


Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 5-июльдеги 01-01-05/1257-санлы, Төрткүл районы  ҳəкимлигиниң 2018-жыл 30-июндағы 02-01/723-санлы, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң 2018-жыл 20-июльдағы 05/1499-санлы ҳәмде Финанс министрлигиниң 2018-жыл 24-июльдағы СМ/04-02/2062-санлы хатларына муўапық Төрткүл районы 1-санлы Республикалық ҳəм Нөкис қаласы 40-санлы көп тармақлы қəнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мəкемелерин əпиўайы түрдеги мəмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мəкемеси сыпатында қайта шөлкемлестириў хаққындағы усынысларын инабатқа алып:

1. Төрткүл районы 1-санлы Республикалық мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы әпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси етип ҳəмде Нөкис қаласы 40-санлы көп тармақлы қəнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мəкемесинде тәрбияланып атырған 36 аўыр ҳәм жеңил түрдеги нуқсаны болған балаларын 26-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине жайластырып, Нөкис қаласы 40-санлы əпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мəкемеси сыпатында қайта шөлкемлестириў хаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 5-июльдағы 01-01-05/1257-санлы хатына тийкар Төрткүл районы ҳəкимлигиниң 2018-жыл 30-майдағы 02-01/723-санлы, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң 2018-жыл 20-июльдағы 05/1499-санлы ҳәмде Финанс министрлигиниң 2018-жыл 24-июльдағы СМ/04-02/2062-санлы усыныслары мақуллансын.

2. Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри (Ж.Уснатдинова)не, Төрткүл районы ҳәкими (Н.Худайбергенов)не, Нөкис қаласы ҳәкими (П.Турешов)не Төрткүл районы 1-санлы Республикалық мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде тәрбияланып атырған нуқсаны болған балаларды районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине көширип, районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы әпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси етип қайта шөлкемлестириў;

Нөкис қаласы 40-санлы көп тармақлы қəнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мəкемесинде тәрбияланып атырған нуқсаны болған балаларды 26-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине көширип, Нөкис қаласы 40-санлы əпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси етип қайта шөлкемлестирип, қуўатлылығын инабатқа алып, аймақтағы мектепке шекемги жастағы балаларды қамтып алыў;

қайта шөлкемлестирилип атырған əпиўайы түрдеги мəмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мəкемелери ҳүжжетлерин тийисли тəртипте рəсмийлестириў тапсырылсын.

3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2016-жыл 4-марттағы 44-б-санлы бийлигинде көрсетилген “Нөкис қаласы 40-санлы көп тармақлы қəнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мəкемеси” атамасы “Нөкис қаласы 40-санлы əпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси” деп оқылсын.

тийисли министрлик ҳәм мәкемелер өзлери қабыл қылған норматив-ҳуқуқый ҳүжжетлерин усы бийликке муўапықластырсын.

4. Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги (Ж.Уснатдинова), Финанс министрлиги (М.Содиқов) қайта шөлкемлестирилип атырған әпиўайы түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мəкемелериниң қәрежетлер сметасы ҳәм штатлар кестесин қайта тастыйықласын.

5. Усы бийликтиң орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жумановқа жүкленсин.

 

               

Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеңесиниң Баслығы                                          Қ.Сариев