16:02:11
29.12.2024, Ekshembi

Тәбийғый суў сақлағышларын балық аўлаў кәрханаларына ижәраға бериў бойынша ТАҢЛАЎ

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-майдағы “Балықшылық тармағын басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ–2939-санлы ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017 жыл 7 августтағы 593-санлы қарарларына тийкарланып)

Таңлаўда қатнасыў шәртлери ҳәм керекли ҳүжжетлер дизими:

·         Талабанның толық аты ҳәм жайласқан мәнзили (почта мәнзили), телефон номери көрсетилген арзасы;

·         Балық аўлаўды әмелге асырыў бойынша бизнес – реже;

·         Балық аўлаўды әмелге асырыў бойынша бизнес–режениң қаржыландырыў дереклери (қатнасыўшының өз қаржылары,  комерциялық банклери тәрепинен ажыратылған кредит қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадағаланбаған басқа дереклери) менен тәмийинленгенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар;

·         Балық аўлаў ҳәм табиятты қорғаў илажларын әмелге асырыў ушын материаллық ҳәм техникалық үскенелериниң (маркасы көрсетилген қайықлар, моторлар, аўлаў қураллары, автотранспорт ускенелери, балық ҳәм балық өнимлери сақлаў ушын суўытқыш үскенелери ҳәм тағы басқа) барлығы ҳаққында мағлыўматлар;

·         Балық (түрлери ҳәм муғдары бойынша) шабақлар менен тийисли суў сақлағышы участкасын ҳәр жылы балықландырыўды әмелге асырыў бойынша усынысы.

Тәбийғый суў сақлағышларын ижәраға бериў (берилиўин бийкар етиў) мәселеси 2018-жыл 19-январь куни Комиссия жыйналысында таңлаў усыныслары конвертлерин ашыў арқалы әмелге асырылады. Талабанның яки олардың ўәкиллери таңлаў усыныслары конвертлерин ашылыўында қатнасыў ҳуқуқына ийе.

Ижəра шәртнамасы «Ўзбекбалиқсаноат» ассоциациясы ҳәм таӊлаў жеӊимпазы менен кеминде        10 жыл муддетке дузиледи.

Таңлаў төмендеги мəнзилде өткериледи. Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер төмендеги мәнзилге ҳүжжетлерди тапсырыўлары мүмкин.

Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы,  Қызкеткен көшеси. 
Телефон  (0-361) 225-15-43,  (0-361) 225-15-48
Электрон почта: qaraqalpaqbaliq@umail.uz

*Таңлаўда қатнасыў ҳаққындағы арзаны көрип шығыў ушын ең кем ис ҳақының үштен бир бөлеги муғдарындағы төлеў өндириледи.


Тийкарғы е/ б: 20208000000772842001.

«Ипотека-банк» АТИБ Қарақалпақстан филиалы МФО: 00621, ИНН: 304901315

Арзалар 2018-жыл 18-январь саат 18:00 ге шекем қабыл қылынады.