21.12.2024, Шемби

Заманагөй билим ҳәм кәсип-өнер ийелеў имканиятларын кеңейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Заманагөй билим алыў ҳәм мийнет базарында талап жоқары болған кәсип-өнерди ийелеў тилегинде болған жаслардың билим алыўы ушын кеңнен имканиятлар жаратыў, өсип киятырған жас әўладтың интеллектуаллық және кәсиплик шеберлигин раўажландырыўға болған умтылысларын хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, усы жылы 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен соның менен бирге 29-июль күни мәлимлеме технологиялары тараўындағы қәнигелер менен болып өткен ушырасыўларда алға қойылған жаңа баслама ҳәм идеяларды әмелге асырыў мақсетинде:

  1. 2022-жыл 1-октябрьден баслап мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыў курсларында жаслардың мәлимлеме технологиялары тараўында оқыўы ушын тәлим кредит ажыратыў системасы жолға қойылсын.

а) коммерциялық банклер Қаржы министрлиги тәрепинен жайластырылатуғын депозитлер есабынан мәлимлеме технологиялары тараўында оқыўы ушын тәлим кредитлерин Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында ажырататуғыны;

б) мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыў курсларында мәлимлеме технологиялары тараўында оқыў ушын жасларға тәлим кредити:

базалық есаплаў муғдарының 65 есесине шекемги муғдарда 1 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 4 жыл мүддетке Өзбекстан Республикасы пуқарасы болған және Өзбекстан Республикасында турақлы жасап атырған пуқаралығы болмаған жасларға ажыратылатуғыны;

рәсмийлестирилиўи ҳәм оның қайтарылыўында кредит алыўшының турақлы дәрамат дәрегине ийе болған шаңарақ ағзалары ҳәм басқа да үшинши шахслар биргеликте қарыз алыўшы сыпатында қатнасыўына руқсат етилетуғыны;

в) «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не кирген шаңарақлардың перзентлери болған жасларға мәлимлеме технологиялары тараўында оқыўға ажыратылатуғын тәлим кредити ушын гиреў ҳәм кепиллик талап етилмейтуғыны;

г) мәлимлеме технологиялары тараўында оқыў ушын жасларға тәлим кредити Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки (кейинги орынларда – IT-парк) резиденти болған шөлкемлердиң оқыў курсларында тәлим алыўы ушын ажыратылатуғыны. Онда, мәлимлеме технологиялары тараўында тәлим бериўши резидент шөлкемлер реестри  IT-парк тәрепинен электрон мәлимлеме системасы түринде жүргизилетуғыны және зәрүр жағдайларда коммерциялық банклер, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен интеграцияланатуғыны белгиленсин.

  1. Мәлимлеме технологиялары тараўында оқыў ушын тәлим кредитлери бойынша коммерциялық банклерди финанслық ресурслар менен тәмийинлеў:

2022-жылы Қаржы министрлиги жанындағы Тәлим кредитин қаржыландырыў қорына (кейинги орынларда – Қор) ажыратылған Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылады;
келеси жыллары болса ҳақыйқый талаптан келип шығып Қорға зәрүр қаржылар ажыратылады.

  1. Қор қаржылары есабынан коммерциялық банклердиң сораўларына тийкарланып оларға Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында мәлимлеме технологиялары тараўында жаслардың билим алыўына тәлим кредитин ажыратыў ушын усы ставкадан 4 процент бәнтке төмен болған ставкада депозит жайластырылатуғыны;

Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы төменлетилген жағдайда депозит қаржылары ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўында билим алыўы ушын тәлим кредити бойынша процент ставкасы баланссыз түрде төменлетилетуғыны, арттырылған жағдайда болса өзгериссиз қалатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. АК «Халқ банки», АК «Алоқа банк» ҳәм «Микрокредитбан» АКБның 2022-жыл 1-ноябрьден баслап IT-парк резиденти болған шөлкемлердиң мәлимлеме технологиялары тараўындағы оқыў курсларында оқып атырған қатнасыўшы сертификатын алған ямаса усы оқыў курсларын кейинги 6 айда табыслы тамамлаған жасларға компьютер (соның ишинде, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмаған) сатып алыў ушын базалық есаплаў муғдарының 25 есесинен көп болмаған муғдарда тутыныў кредитлерин ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Онда:

компьютер сатып алыў ушын ажыратылатуғын тутыныў кредитлери бойынша процент төлемлериниң Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 1,5 есесине шекемги бөлими Жаслар ислери агентлигиниң Жасларға байланыслы сиясатты қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қоры) есабынан компенсацияланады;

сертификатлардың бирден-бир электрон реестри IT-парк тәрепинен жүргизиледи.

  1. «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не кирген шаңарақлардың перзентлери болған және «Жаслар дәптери»не кирген жасларға 2023-жыл 1-августқа шекем «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде оқыў курсларын табыслы тамамлаған ҳәм сертификат алған ҳалда, сондай-ақ, усы қарардың 4-бәнтинде нәзерде тутылған тәртипте компьютер сатып алыў мақсетинде кредит алыў ушын Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен кепиллик бериў системасы енгизилсин.

Жаслар ислери агентлиги Қаржы министрлиги, Орайлық банк ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-октябрьге шекем усы бәнтте нәзерде тутылған кепиллик бериў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Жаслар ислери агентлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Қаржы министрлиги менен биргеликте 2023-жыл 1-августқа шекем мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыў курсларында мәлимлеме технологиялары тараўында билим алыў ушын тәлим кредитин ажыратыў, сондай-ақ, усы қарардың 4- ҳәм 5-бәнтлеринде нәзерде тутылған тәртипте қаржылай қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилиги бойынша үйрениў өткерип, Министрлер Кабинетине тийисли усыныслар киргизсин.
  2. Қаржы министрлиги:

а) Жаслар ислери агентлиги ҳәм Орайлық банк пенен биргеликте еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын қарар жойбарын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине тасты        йықлаў ушын киргизсин:

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не кирген шаңарақлардың перзентлери болған жасларға мәлимлеме технологиялары тараўында оқыўға ажыратылған тәлим кредити бойынша пайда болатуғын кредит тәўекелшилигин Қаржы министрлиги ҳәм коммерциялық банклер арасында бөлистириў;

Қор есабынан мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыў курсларында мәлимлеме технологиялары тараўында жаслардың оқыўы ушын коммерциялық банклерге тәлим кредитлери ушын депозит жайластырыў;

мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде мәлимлеме технологиялары тараўында оқып атырған жасларға оқыў курсларында оқыў төлемлери ушын кредит ажыратыў;

Қор тәрепинен тәлим кредитлери ушын қаржылар ажыратыўда коммерциялық банклерге қойылатуғын муўапықлық нормаларын орнатыў;

б) усы қарарда нәзерде тутылған мәлимлеме технолгиялары тараўында оқыў ушын тәлим кредити, «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде оқыў курсларын табыслы тамамлаған ямаса қатнасыўшы сертификатын алған жасларға компьютер сатып алыў мақсетинде тутыныў кредитлери бойынша процент төлемлерин компенсациялаў ушын зәрүр қаржылардың 2023-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде орнатылған тәртипте нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 20-апрельдеги «Жаслардың исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигине жәрдемлесиў, оларды социаллық қорғаў және бос ўақытын мазмунлы шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6208-санлы Пәрманының 7-бәнтине муўапық Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қорына ажыратылған қаржыларды усы қарардың 4-бәнтине тийкарланып тутыныў кредитлери бойынша процент төлемлерин компенсациялаў және нызамшылықта белгиленген тәртипте усы қордың қаржыларынан пайдаланыўдың басқа мақсетлерине бағдарлаўға руқсат берилсин.
  2. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Орайлық банк пенен биргеликте бир ай мүддетте мәмлекетимиз халқының оқыў, мийнет етиў ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў мақсетинде Өзбекстан Республикасының «Тутыныў кредити ҳаққында»ғы Нызамына Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын товарлар (хызмет)ға тутыныў кредитиниң ажыратылыў тәртибин жетилистириўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте жасларды заманагөй билим алыў ҳәм кәсип-өнер ийелеўге тартыў бойынша ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында турақлы түрде үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырсын.
  4. Жаслар ислери агентлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қаржы министрлиги және мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов, мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Ш.Ҳ.Шерматов және Жаслар ислери агентлигиниң директоры А.З.Саъдуллаев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 12-август