Быйылғы жылдың ғәлле орым-жыйымы Қараөзек районындағы фермер хожалықларында шөлкемлескенлик пенен басланды. Райондағы «Мәденият» АПЖ да 61 фермер хожалығы 2022-жыл ушын шәрнама тийкарында бийдай егип, мәмлекетке ғәлле зүрәәтин жетистириўди режелестирген. Ҳәзир фермер хожалықлары атызларда топланған зүрәәтлерди район қырманына сепситпей жыйнап алыў ушын мийнет етпекте.
Аймақтағы «Агроном ентомолог»,
«Қараөзекли мухаммед», «Исламбек
мәденият» фермер хожалықлары бириншилер қатарында бәйги сызығынан өтти.
Олар атызларда топланған зүрәәтти 30 центнерден асырып орынлап, қалған өнимлердиде тез күн ишинде жыйнап
алып, бийдайдан босаған атызларға тез
писер, дәнли егинлерди егиўди
режелестирип отыр.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети