21.12.2024, Шемби

Медицина мәкемелериниң хызметкерлерин материаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўди күшейтиў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетлик медицина мәкемелери хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, жоқары нәтийжели мийнетке умтылыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, олардың өз кәсиплик дәрежесин арттырып барыўдан мәпдарлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, 2022-жыл 18-март күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң денсаўлықты сақлаў тараўының ўәкиллери менен өткерилген «Медицинадағы реформалар – инсан қәдири ушын» атамасындағы ашықтан-ашық сәўбети шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2022-жыл 1-июньннен баслап мәмлекетлик медицина мәкемелери медицина, фармацевтика ҳәм басқа да хызметкерлериниң айлық лаўазым мийнет ҳақылары:

жоқары ҳәм биринши маманлық категорияларына ийе болған медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери ушын – 15 процентке;

екинши маманлық категориясына ийе болған ҳәм категорияға ийе болмаған, сондай-ақ, басқа да медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери ушын – 10 процентке;

медицина мәкемелериниң басқа да хызметкерлери ушын – 15 процентке арттырылатуғыны белгиленсин.

Онда, медицина мәкемеси хызметкерлериниң тариф ставкаларын есаплаў әмелдеги мийнетке ҳақы төлеў разрядлары бойынша тариф коэффициентлерин тийислисинше 1,15 ҳәм 1,1 есеге көбейтиў арқалы әмелге асырылады.

  1. 2022-жыл 1-июньнен баслап Медицина мәкемелериниң материаллық хошаметлеў ҳәм раўажландырыў қорын (кейинги орынларда – Қор) қәлиплестириў ушын Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылардың муғдары медицина мәкемеси ушын ажыратылатуғын бюджет қаржыларының улыўма көлемине салыстырғанда төмендеги муғдарларда белгиленсин:

басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелер, район (қала)лық медицина бирлеспелери, қыстаўлы ҳәм тез медициналық жәрдем хызмети, балалар медицина мәкемелери, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети ҳәм социаллық кеселликлерге (туберкулез, бүйрек жетиспеўшилиги, онкологиялық, руўхый, наркологиялық, эндокрин, мақаў (лепра), жуқпалы, жынысый жол менен жуғатуғын, АИЖС) қәнигелескен медицина мәкемелеринде – улыўма қәрежетлериниң 10 проценти;

республика ҳәм ўәлаят дәрежесиндеги басқа да денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде – улыўма қәрежетлердиң 5 проценти.

Қор қаржыларының 75 проценти топарына қарамастан барлық мәмлекетлик медицина мәкемелери хызметкерлерин материаллық хошаметлеўге, 25 проценти – медицина мәкемесиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, модернизациялаў ҳәм оңлаўға бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.

Онда:

хызметкерлерди материаллық хошаметлеўге ажыратылған қаржылар есабынан мәмлекетлик медицина мәкемесиниң жоқары маман, айрықша нәтийжеге ерискен, ҳадал ҳәм ҳүжданлы жумыс ислеп атырған медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерине айлық лаўазым мийнет ҳақысының 100 процентине шекем ҳәм басқа хызметкерлерге 75 процентке шекем айлық үстемелер;

жаңадан жумыс баслаған потенциаллы жас шыпакерлерге 1 миллион сумға шекем арнаўлы айлық үстемелер;

шаңарақлық шыпакер пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм көп тармақлы орайлық поликлиникаларда күндизги стационар жумыс ўақтын саат 20:00 ге шекем сөзыў есабынан екинши сменада жумыс ислейтуғын шыпакер ҳәм мийирбийкелерге лаўазым мийнет ҳақысының 30 процентине шекем айлық қосымша үстемелер толеп бериледи.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Қордың қаржылары есабынан медицина мәкемелери хызметкерлерин материаллық хошаметлеў тәртибин тастыйықласын.

  1. Медицина мәкемелеринде Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленетуғын дизимге муўапық жоқары технологиялық қыйын операцияларды орынлаған шыпакер-хирурглер лаўазым мийнет ҳақысының 25 проценти муғдарында қосыша үстеме енгизилсин.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда еки ҳәпте мүддетте жоқары технологиялық қыйын операциялардың дизимин тастыйықласын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) 2022-жыл 1-сентябрьден баслап емлеў-профилактика мәкемелериниң хызметкерлерине олардың медицина тараўында ҳәм жумысында илимди раўажландырыўға қосып атырған үлесин есапқа алған ҳалда, Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан илим докторы (Doctor of Science) илимий дәрежеси ушын лаўазым мийнет ҳақысының 60 процентине шекем ҳәм илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) илимий дәрежеси ушын лаўазым мийнет ҳақысының 30 процентине шекемги муғдарда ҳәр айлық қосымша ҳақы төленеди.  

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте емлеў-профилактика мәкемелериниң илимий дәрежеге ийе болған хызметкерлерине қосымша ҳақы төлеў тәртиби ҳаққындағы Министрлер Кабинетиниң қарары жойбарын киргизсин;

б) барлық медицина хызметкерлери Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан дәслепки ҳәм периодлық медициналық тексериўден бийпул өткериледи.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте медицина хызметкерлерин медициналық тексериўден өткериўге байланыслы қәрежетлер ушын зәрүр қаржыларды турақлы түрде медицина мәкемелериниң қәрежетлер сметасында нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.

  1. 2022-жыл 1-июльден баслап ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан, сондай-ақ, сырт мәмлекетлерден Қарақалпақстан Республикасының Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек, Бозатаў, Шоманай, Қоңырат районларына барып жумыс ислейтуғын шыпакерлердиң айлық лаўазым мийнет ҳақысына дәслепки үш жыл даўамында 100 процент, Мойнақ районында болса 200 процент муғдарында қосымша ҳәр айлық үстеме төлемлери Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төленетуғыны белгилеп қойылсын.

Онда, усы бәнтте көрсетилген үстемени алыў ушын шыпакер басқа аймақта кеминде еки жыл жумыс ислеген ҳәм кеминде екинши дәрежели маманлық категориясына ийе болыўы керек.

  1. Мәденият министрлиги, Кинематография агентлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылары есабынан:

медицина хызметкерлериниң машақатлы ҳәм абырайлы жумысы сүўретленген көркем, сахна ҳәм кино шығармаларын және сериалларын көбейтсин;

медицина хызметкерлерин жылына бир мәрте театр ҳәм концерт тамашаларына бийпул алып барыў системасын шөлкемлестирсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-июльге шекем медицина мәкемелериниң басқа (басқарыў, техникалық ҳәм хызмет көрсетиўши) хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў тариф разрядларын олардың жумыс стажы ҳәм маманлық категориясын есапқа алған ҳалда тастыйықласын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-майдағы «Денсаўлықты сақлаў системасында алып барылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў ҳәм медицина хызметкерлериниң потенциалын арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў ҳаққында»ғы ПП-6221-санлы пәрманында орайлық районлық (қалалық) емлеўханалары орын фондының бюджеттен тысқары орын фондына өткерилиўи белгиленген бөлеги ушын Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырыў тәртибин сақлап қалыўдың есабынан зәрүрликтен келип шығып (буған қыстаўлы, балалар, жуқпалы кеселликлер, туўыў және гемодиализ орынлары кирмейди) тар қәнигеликтеги неврология, кардиология және эндокринология орынлары шөлкемлестирилсин.
  3. Қаржы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте усы пәрман менен белгиленген илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў ушын:

еки ай мүддетте «2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

2023-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде зәрүр қаржылар нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2022-жыл 17-май