21.12.2024, Шемби

«Сақаўат ҳəм жəрдем» қоры: социаллық қорғаўға мүтəж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў даўам етпекте

Бәршемизге белгили усы жылдың 20-апрель күни Ѳзбекстан Республикасы Президенти басшлығында ѳткерилген видеоселектор мәжилисинде «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў басламасы алға қойылды.



Мақсет – коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў ҳәм карантин дәўиринде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлап, оларды азық-аўқат, дәри-дәрмақ ҳәм басқа зәрүрли ѳнимлер менен тәмийинлеўден ибарат.


Усыдан келип шығып, Ѳзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан Республикасы бѳлими жанында «Сақаўат ҳәм жәрдем» қоры шѳлкемлестирилди.


Бул қорға тийисли мəмлекетлик ҳəм хожалық басқарыў уйымлары, көп санлы қəўендерлер тәрепинен қайырқомлық қаржылары келип түсиўин даўам етпекте. Оларды улыўмаластырыў ҳәм бөлистириў ушын штаб жумысы жолға қойылған.

Бүгинги күнде усы ҳәрекет ҳәр бир орында кең қулаш жайыўы нәтийжесинде жумыссызлар, жалғыз баслы нуранийлер, имканияты шекленген шахслар ҳәмде пандемия себепли тийкарғы дәрамат дереклерин жойтқан пуқараларға әмелий жәрдем берилмекте.


Бундай ис-иләжлар тѳрт сектор басшылары ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынларының белсендилери менен биргеликте гигиена ҳәм санитария талаплары толық сақланған ҳалда әмелге асырылмақта.


2020-жылдың 1-июнь ҳалатына Қарақалпақстан Республикасы бойынша материаллық жәрдемге мүтәж жәми 17 114 (80 мыӊ 16 шаӊарақ ағзасы бар) шаӊарақ дизимге алынды. Олардан 3 789 шаӊараққа азық-аўқат (487 миллион 872 мыӊ сўм), 132 шаӊараққа нақ пул көринисинде (119 миллион 865 мыӊ сўм) ҳәм 395 шаӊараққа (50 миллион сўм) басқа түрдеги зәрүрли өнимлер жеткерилип берилди.


Исбилерменлик субъектлери тәрепинен де социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаӊарақларға материаллық жәрдемлер берилип келинбекте. Атап айтқанда, бас офиси Ташкент қаласында болған “Гранд Фарм Трейд” ЖШЖ тәрепинен 2 мыӊ шаӊараққа 1 миллион сўмнан жәми 2 млрд сўм материаллық жәрдем сыпатында пластик карталарына өткерилип берилди.


Қалған шаңарақларды да қоллап-қуўатлаў бойынша белгиленген тəртипте жумыслар алып барылмақта.


Усы орында «Сақаўат ҳəм жəрдем» қорының есап бетине бүгинги күнге келип  6 млрд 106 миллион 348 мыӊ сўмнан аслам қаржылардың келип түскенин атап өтиў орынлы.

Бул ушын əлбетте, тийисли мəмлекетлик ҳəм хожалық басқарыў уйымларына ҳəм көп санлы қəўендерлерге миннетдаршылық билдиремиз.


«Сақаўат ҳəм жəрдем» қоры тəрепинен ҳəзирги карантин дəўиринде социаллық қорғаўға мүтəж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў жумыслары Республикамиз бойлап даўам етеди.


Ҳүрметли Ўатанласлар! Сонлықтан, сизлерди сынақлы күнлерде желкеме-желке турып ҳәрекет етиўге ҳәм усындай ийгиликли жумысларға үлес қосыўға шақыра отырып, карантин қағыйдаларына қатаң əмел етиўиңизди сораймыз!

 

Мəҳəлле ҳəм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң Мəлимлеме хызмети